Новости
ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС ДЕПУТАТЫ ХОЖЕЛИ РАЙОНЫ ПУҚАРАЛАРЫ МЕНЕН ДӘСЛЕПКИ УШРАСЫЎЫН ӨТКЕРДИ
  • 18.01.2020
  • 1645

  2020 жыл 17 январь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы кеңеси депутаты Исақулов Дадажон Айнақулович Хожели районындағы «Колап» сайлаў округы аймағында жасаўшы пуқаралар менен дәслепки ушрасыўын өткерди.

  Хожели районындағы ушрасыўға шекем Нокис қаласындағы Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик музыка театрында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларын сайлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы кеңеси, Халық депутатлары район ҳәм қала Кеңеслери депутатларының қоспа жыйналысы болып өтти.

Жыйналыста Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы кеңеси баслығы М.Ерниязов сөзге шығып, жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы кеңеси, Халық депутатлары район ҳәм қала Кеңеслериниң депутаты етип сайланғанлығы менен қутлықлады.

  Жоқарғы Кеңес депутатының сайлаўшылар менен ушрасыўы Хожели районы ҳәкимиятының үлкен мәжлислер залында өткерилди. Бул ушрасыўда Хожели районы ҳәкиминиң хаял-қызлар ислери бойынша орынбасары Сулухан Дурсунбетова, Өзбекстан Экологик партиясының Қарақалпақстан Республикасындағы шөлкеми баслығы Айсанем Бегимова ҳәм басқа ижра ҳәкимияты жуўапкер қәнийгелери қатнасты.

  Хожели районы хаял-қызлар комитети баслығы ушрасыўды ашып бергеннен кеийн, биринши сөз экопартия жетекшисине берилди. Айсанем Полатовна партия дәстүри ҳәм орынларда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм олардың ахимийети хаққында айтар екен Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўалаятында экологик жағдайдын жақсылаў бойынша қандай глобал ўазыйпалар бар екенлиги хаққында тохталып өтти.

 

  Сөз наўбети депутатқа берилгеннен кейин, Дадажон Айнақулович өз депутатлық ўәкалатлары ишинде Хожели районы турғынларының аўырын жеңиллестириў ушын қандай ис-илажларди қай тәртипте амелге асырымақшы екенлигин айтты.  Депутат, ең биринши, социаллық машқалаларды шешип, кейин үлкен жойбарлы ислерди әмелге асырыў мақсетке муўапаықлығын айрықша айтып өтти.  Усы менен бирге, депутат өз жумысы даўамында Хожели районы хәкимияты, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен биргеликте ис алып барыўын айтты.

  Усыдан кейин сөз наўбети пуқараларға берилди. Аўыл ақсақаллары депутат бар машқалаларды шешиўде нелерге көбирек ахимийет бериўи тийислилиги хаққында өз пикрлерин бирдирди. Сөзге шыққан педагоглар, уй бекелери, мәҳәлле ақсақаллары сайлаўлардан кейин пуқаралар менен ушрасыў шөлкемлестирип, олардың машқалаларын еситиўге, өз депутатлық ўәкалатлары ишинде жумыс алып барыўға таяр депутатты сайлағанларынан қуанышлы екенликлерин айрықша айтып өтти.

  Хожели районы пухарлары депутат пенен ушрасыў мазмунлы ҳәм тәртипли өтиўи ушын аўыллардағы бар машқалалр ҳәмде жәмәатлық усыныслар жазба түрде берилди. Жоқарғы Кеңес депутаты жазба мүрәжаатлар  мазмуны менен танысып, билдирилген шикаят, арза, усынысларға тез арада жуўап бериўин, өз депутатлық ўәкалатлары ишинде пуқаралардың усынысларын жоқарғы органларға усыныўын, усы менен бирге өз тәжрийбесине суйенип бар машқалалрдың шешимин табыўын айтып өтти.

  Усы менен бирге ушрасыўда жергиликли телевидение редакторлары, түрли ҒХҚ ўәкиллери, журналистлер ҳәм де блоггерлар қатнасты.

  Анықлама ушын: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Исақулов Дадажон Айнақулович хәзирги ўақытта “Өзбекстан Миллий электр тармақлары” акционерлик жәмийети басқарыўы баслығы лаўазымында ислеп келмекте. Ол 38-санлы “Колап” сайлаў округынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты етип сайланған.

«Өзбекстан МЭТ» АЖ баспасөз хизмети

Каналға ағза болың! t.me/uzmetaxborotxizmati

>