Новости
Қарақалпақстан Республикасындағы кернеўи 220 кВ “Беруний” подстанциясына 125 МВА қосымша қуўат қосылды
  • 27.03.2021
  • 751

  Ядыңызда болса, усы жылдың январь айында “Өзбекстан миллий электр тармақлары” акционерлик жәмийети басқарыў баслығы Д.А.Исақулов Қарақалпақстан Республикасындағы 220 кВ “Беруний” ҳәмде Хорезм ўалаятында жайласқан 220 кВ “Хорезм” подстанцияларының куз-қыс мәўсимине таярлылығын, улыўма электр энергетика тармақларын, магистрал электр тармақлары дизиминде исленип атырылған қурылыс-монтаж, модернизация-реконструкция ислерин орнында уйрениў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы хәм Хорезм ўалаятында хизмет сапары жуўмақлары менен таныстырған едик.

 
  «Ўзбекистон миллий электр тармоқлари» акциядорлик жамияти бошқаруви раиси, Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси депутати Д.А.Исақуловнинг Қорақалпоғистон Республикаси ва Хоразм вилоятига хизмат сафари тафсилотлари:
http://uzbekistonmet.uz/uz/lists/view/693  
http://uzbekistonmet.uz/oz/lists/view/693
 

 “Өзбекстан миллий электр тармақлары” акционерлик жәмийети мамлекетимиздиң хәмме ўалаятларында электр тамийнатының исенимлилигин асырыў мақсетинде қурылыс-монтаж ислери ҳәм модернизация-реконструкция дәстури тийкарында хәр түрли иләжлар исленип барылмақта.

  Өзбекстан Республикасы Бас министры орынбасары С.Умурзаковтың Қарақалпақстан Республикасына 2020 жыл 23 апрель күнги сапары жуўмақлары бойынша қабыл етилген 24/1-санлы баянында Беруний районында жайласқан 220/110/10 кВ “Беруний” подстанциясында 125 МВА қуўатқа йие болған қосымша автотрансформатор орнатыў арқалы аймақдағы электр тәмийинатының жақсыланыўын, усы менен бирге ислеп шығарыў қуўатларын асырыў бойынша бир қатар тапсырмалар берилген еди.

 

  Хәзирги күнге дейин “Беруний” подстанциясында қуўаты 125 МВА болған 1 дана автотрансформатор ислеп турған еди ҳәм усы подстанция арқалы Беруний, Төрткүл, Елликқала ҳәм Әмиўдәрья районлары түтыныўшылары, ҳәм Қараөзек районында жайласқан санаат қәрханалары электр энергия менен тәмийинленеди. Модернийзация жойбары тийкарында “Беруний” подстанциясының ҳәзирги күндеги электр схемасы өзгертирилип, 220 кВ, 110 кВ ҳәмде 10 кВ бөлистириў қүрылмалары кенгейтирилип, қуўат өткизиү имкәнияти еки мәртеге асырылды.

  Жоқарыда айтылып өтилгениндей, модернизация жойбары тийкарында 1 дана 125 МВА қуўатқа йие болған АТДЦТН-125 типиндеги автотрансформатор, 2 комплект 220 кВ ҳәм 1 комплект заманагөй элегазли өширгишлер, 7 комплект 110–220 кВ ажратқышлар, 1 комплект 220 кВ кернеў трансформаторы, 3 комплект 110-220 кВ ток трансформаторы, 3 комплект 10 кВ КРУ ячейкасы ҳәм 1 дана 400 кВА қуўатқа ийе болған (подстанцияның өз мүтәжликлери ушын) трансформатор орнатылды.

 

  Буннан тысқары, жойбардың екинши басқышында “Беруний” подстанциясында АТ-1 ҳәм АТ-2 автотрансформаторларының реле қорғаў ҳәм автоматикасы қүрылмаларын заманәгөй микропроцессор терминаллы шкафларға өзгертиў көзде түтылған болып, мазкур иләжлар ҳәм амелге асырылмақда.

  Қулласы, 2021 жыл 15 февраль күни “Беруний” подстанциясында 125 МВА қуўатқа йие болған АТ-2 автотрансформаторы электр тармағына жалғанды ҳәм иске түсирилди.

 

  Усы жойбардың әмелге асырылыўы Қарақалпақстан Республикасының қубласында жайласқан Беруний, Төрткул, Елликқала ҳәм Әмиўдәрья районлары турғынларының үзликсиз электр энергия менен тәмийинатының исенимлилигин арттырады. Усы менен бир қатарда атлары санап өтилген районлар ҳәм Қараөзек районы Қаратау таўлы аймағында жайласқан санаат кәрханаларының жәнеде раўажланыўына мүмкиншилик жаратады.

  Ҳәзирги кунде объекттиң эстетик жағдайын жақсылаў мақсетинде подстанция имәратларын капитал ремонтлаў жумыслары исленип атыр. Имәратларда заманагөй энергия тежеўши электр жарықландырыў үскинелери, жылытыў дизими орнатылды, айна ҳәм қапылар алмастырылды.

 

  Бир сөз бенен айтқанда, Хүкимет қарары ҳәм тапсырмалары, Энергетика министрлиги көрсетпелери ҳәмде “Өзбекстан миллий электр тармақлары” акционерлик жәмийети басшыларының модернизация-реконструкция дәстури бойынша Қарақалпақстан Республикасында бир қатар қурылыс-монтаж ислери даўам еттирилмекте.

  С.К.Умбетов, «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ "Қарақалпақстан магистрал электр тармақлары" филиалы директоры

  https://t.me/uzmetaxborotxizmati/6400

Қўшимча қувватлар электр энергия таъминотини яхшиламоқда

uza.uz: http://uzbekistonmet.uz/uz/lists/view/898

https://uza.uz/uz/posts/qoshimcha-quvvatlar-elektr-energiya-taminotini-yaxshilamoqda_253125

Қорақалпоғистон Республикасидаги 220 кВли «Беруний» подстанциясига 125 МВА қўшимча қувват қўшилди

http://uzbekistonmet.uz/uz/lists/view/885

http://uzbekistonmet.uz/oz/lists/view/885

«Өзбекстан МЭТ» АЖ Мәлимлеме хизмети

 t.me/uzmetaxborotxizmati

 

>